Китапхана турмысы менен танысты

Ҳәзирги күнлери пүткил республикамыз бойлап «Жаңа турмыс ушын, жаңа Өзбекстан ушын» сүрени астында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасында мәдений-ағартыўшылық илажлары ҳәм «Жаслар ушын-мың китап» жойбары əмелге асырылмақта.
Усы жойбар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Ахмедова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бас қәнигеси Б.Айымбетовалар Хожели районы Мәлимлеме-китапхана орайында болып, Руўхыйлық ҳəм ағартыўшылық орайы районлық бөлими қəнигелери, мектеплердеги мәлимлеме-китапхана орайы хызметкерлери, аймақлардаға ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм мектеп оқыўшылары менен ушырасты.






Онда баянатшылар тәрепинен Президентимиз Ш. Мирзиёевтиң басшылығында 2023-жыл 22-декабрь күни өткерилген Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеӊеси мәжилисиндеги белгиленген ўазыйпалар, китапқумарлық мәдениятын жетилистириў, түрли бағдар ҳәм мазмундағы әдебиятларды басып шығарыўды көбейтиў, «Жаслар ушын-мың китап» жойбарын əмелге асырыў, ең белгили илимий-көпшилик китапларды ана тилимизге аўдарып, мектеп ҳәм китапханаларға бийпул тарқатыў жолға қойылатуғынлығы ҳаққында айтып өтилди.
Илаж даўамында шөлкемлестириўшилер китапхана турмысы менен танысып, онда жаратылған шараятлар бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Адилбай Оразов
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы