Үгит-нәсият илажы өткерилди

Нөкис қаласындағы 34-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!” сүрени тийкарында “Мәҳәлледе дуў-дуў гәп” атамасында руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажы болып өтти.
Онда “Адолат” социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары Р.Отарбаев, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис калалық бөлими баслығы Қ.Нуратдинов, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары О.Қыдырниязова, Нөкис қаласы “Сәлмен ийшан” жоме мешити имамы А.Якубов, мектеп директоры, Нөкис қалалық Кеңеси депутаты О.Сапаровалар шығып сөйледи.
Атап өтилгениндей, 2023-жылдың 22-декабр күни болып өткен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеңеси мәжилисинде Президентимиз тәрепинен әҳмийетли пикир-усыныслар, жаңа басламалар белгилеп берилди. Оны орынлаў ушын бәршемиз биргеликте ҳәрекет етсек ғана унамлы нәтийже береди.
Илаж Қарақалпақстан мәмлекетлик филармониясы, қалалық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламалары менен даўам етти.


Қарақалпақстан хабар агентлиги