Әскерий бөлимге саяхат

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерий бөлимине қараслы әскерий бөлимлердиң биринде өсип киятырған жасларды бәркамал инсан сыпатында тәрбиялаў, оларда ана ўатанға садықлық ҳәм муҳаббат сезимин қәлиплестириў мақсетинде мектеп оқыўшылары ушын «Ашық есиклер» күни илажы шөлкемлестирилди.
Әскерий бөлимге келген Ишки ислер министрлигине қараслы академиялык лицей ҳәм Нөкис инновация институтының оқыўшы-жасларына әскерий хызметкерлер тәрепинен қурал-жарақ, әскерий техникалардан пайдаланыў ҳәм олардың ўазыйпалары, қолға үйретилген хызмет ийтлери туўралы мағлыўматлар берилди.
Сондай-ақ, оқыўшылар бул жердеги китапхана, асхана, оқыў заллары ҳәм басқа да хызмет орынларын барып көрип, әскерий хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар менен танысты.


Әскерий техникалар көргизбесинде жасларға оқ атар қуралын бөлеклерге ажыратыў ҳәм жыйнаў, әскерий техника түрлериниң өзгешеликлери ҳаққында түсиниклер берилди.





Оқыўшылар тәрепинен қәнигелерге қызықлы сораўлар берилип, илаж ашық сәўбетлесиўлерге бай, көтериңки кейпиятта өтти.
Орынларда бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.
Қаракалпақстан хабар агентлиги