«Ибратлы судья»лар анықланды

306

Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 7-декабрьдеги «Судьялардың ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў ҳәм суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен енгизилген судьялардың рейтинг көрсеткишлеринде жоқары нәтийжелерге ерискен судьяларды «Ибратлы судья» сыйлығы менен сыйлықлаў белгиленген.

Судьялар жоқары кеңеси мәжилисинде жумысында айрықша өрнек ҳәм үлги көрсетип киятырған судьяларды «Ибратлы судья» сыйлығы менен сыйлықлаў мәселеси додаланды.

Судьялар жоқары кеңесиниң қарарына муўапық, 2023-жылдың жуўмағына бола, «Ибратлы судья» сыйлығының жаңа ийелери анықланды.

Өзбекстан Республикасы Жоқары судының судьясы Ойбек Баракабаев, Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық судының баслығы Эргаш Ешмуратов, Әндижан ўәлаяты жынаят ислери бойынша Жалақудуқ районлық судының баслығы Зарифжон Раҳимов, Бухара ўәлаяты пуқаралық ислери бойынша Пешку районлараралық судының баслығы Ўткир Разиков, Жиззақ ўәлаяты Жиззақ районлараралық экономикалық судының баслығы Ойбек Асатов, Қашқадәрья ўәлаяты жынаят ислери бойынша Көкдала районлық судының баслығы Ўктам Расулов, Наўайы ўәлаяты Зарафшан районлараралық экономикалық судының баслығы Шерзод Ғофуров, Наманган ўәлаяты пуқаралық ислери бойынша Янгиқўрғон районлараралық судының баслығы Соҳибахон Юлчиева, Самарқанд ўәлаяты жынаят ислери бойынша Ургут районлық судының баслығы Ғайратжон Негматов, Сырдәрья ўәлаяты Сырдәрья районлараралық экономикалық судының баслығы Диёр Жумаев, Ферғана ўәлаяты пуқаралық ислери бойынша Риштон районлараралық судының баслығы Шерзодбек Ахунбаев, Хорезм ўәлаяты жынаят ислери бойынша Хийўа районлық судының баслығы Дилмурод Атамуратов, Ташкент ўәлаятлық судының пуқаралық ислери бойынша судьясы Холис Муҳаммедов, Ташкент қалалық судының жынаят ислери бойынша судьясы Музаффар Кукиев «Ибратлы судья»лар қатарынан орын алды.

Н.Абдураимова,

ӨзА