Сенат: мүрәжатлардың көпшилигин суд-ҳуқық, турақ жайға байланыслы мәселелер қурады

248

Социаллық тармақларда кеңнен додалаўларға себеп болған ҳаял-қызлар ҳәм балаларға жәбир көрсетиў ҳәм зорлық мәселеси бойынша әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жуўапкершилик мәселеси Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен тийисли шөлкемлер ўәкиллеринен ибарат дүзилген жумысшы топар менен биргеликте үйренип шығылды.

Бир жылға шамалас ўақыт даўам еткен үйрениў ҳәм додалаўлардан кейин қабыл етилген «Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасы және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам 2023-жыл 12-апрельде күшке кирди.

Бул усы комитеттиң 2023-жылдағы жумысының жуўмағына бағышланған мәжилисте атап өтилди. Комитеттиң жуўапкершилигинде бул әмелиятты даўам еттирген ҳалда усы жылы да еки әҳмийетли мәселе үйренилип атырғаны атап өтилди.

2023-жылы тийкарғы итибар нызамшылықты жетилистириў менен бир қатарда халықты қыйнап атырған мәселелерди унамлы шешиў ҳәм оларға әмелий жәрдем бериў, мүрәжатларды өз ўақтында көрип шығыў, қалаберсе, орынларда көшпелли қабыллаўлар шөлкемлестириўге қаратылды.

Қадағалаў-таллаў жумысы ҳәм парламентлик қадағалаў шеңберинде коррупцияға қарсы гүресиў, нызамлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы үйренилди.

Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының суд ҳүжжетлери орынланыўына байланыслы жумысы үйренилип, анықланған кемшиликлер тийисли министрликлер ҳәм уйымлар ўәкиллериниң қатнасыўында комитет мәжилисинде додаланды ҳәм кемшиликлерди сапластырыўға қаратылған усыныслар сәўлелендирилген қарар қабыл етилди.

Соның менен бирге, тиккелей комитеттиң қадағалаўында Ишки ислер министрлигине 122, Миллий гвардияға 18, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине 17, Салық комитетине 15, Денсаўлықты сақлаў министрлигине болса 4 хызметкер судтың қарарына муўапық жумысқа тиклениўине ерисилди.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен биргеликте Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеслериниң 2022-жылдағы жумысы үйренилип, рейтинг баҳалаў өткерилди ҳәм нәтийжелери ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилди.

Сенаттың прокуратура уйымларының жумысы үстинен қадағалаўшы комиссия менен биргеликте «Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январьдағы «2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм тараўға байланыслы басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўы үстинен прокурорлық қадағалаў жағдайы Ташкент ўәлаяты мысалында үйренилди.

Үйрениў жуўмақлары бойынша кемшиликлерди сапластырыў бағдарында «Жол картасы» қабыл етилди ҳәм парламентлик қадағалаў шөлкемлестирилди.

Комитет тәрепинен дерлик 65 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң халықтың мүрәжатлары менен ислесиў жағдайы үйренилип, жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли көрсетпе ҳәм усынысларды нәзерде тутатуғын комитет қарары қабыл етилди.

Комитет өз жумысы даўамында халықтың мүрәжатлары, аймақларда пуқаралар мәплерине байланыслы мәселелер, социаллық тараўдағы машқалаларға айрықша итибар қаратты.

Мүрәжатлардың көпшилиги пуқаралар арасындағы келиспеўшилик жағдайлары, суд қарарларының орынланбаўы, суд қарарлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларынан наразылық және турақ жай ҳәм басқа да мәселелер есапланады.

Комитет тәрепинен айрықша қадағалаў алып барылғаны нәтийжесинде Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен 100 ден аслам мүрәжатлар бойынша алимент пулларын өндирип бериўге ерисилди.

Н.Абдураимова, ӨзА