Әскерлердиң мәдений дем алыўы тәмийинленбекте

Мәмлекет шегараларын көздиң қарашығындай қорғап, өзлериниң туўылған жерлеринен узақта әскерий хызмет өтеп атырған қатардағы әскерлердиң сол аймақ халқының тарийхы, турмыс тәризи туўралы мағлыўматларға ийе болыўы да үлкен әҳмийетке ийе.
Усы мақсетте 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни алдынан Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерий бөлимине қараслы бөлимлердиң биринде мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерлердиң мәдений дем алыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, олардың билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде, Әмиўдәрья районында жайласқан «Әмиўдәря тарийхы» атлы музейге саяхаты шөлкемлестирилди.
Саяхат даўамында музей қәнигелери тәрепинен елимиздиң тарийхы, шайырлары ҳәм жазыўшылары, сүўретшилериниң дөретпелери, орта әсирлердеги Әмиўдәрьяның еки жағасында жасаған халықлардың үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, жасаў тәризи, үй-руўзыгершилик буйымлары ҳаққында мағлыўматлар берилди.


Мүддетли әскерий хызметкерлер қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўап алды.
14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен өткерилип атырған илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги