Суўдан пайдаланыўшыларға жаңа жеңилликлер берилмекте

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 5-январьдағы «Төменги буўында суў ресурсларын басқарыў системасын жетилистириў ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша кредитлер ажыратыў системасына өзгерислер киргизилмекте.
Усы қарардың мазмун-мәнисин аймақлардағы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге жеткериў мақсетинде «Агробанк» АКБ, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен биргеликте жумысшы топар дүзилип, орынларда оқыў-семинарлар шөлкемлестирилмекте.
Жуўапкер ўәкиллер кредитлеўдиң жаңа онлайн түрдеги «Suvkredit.uz» платформасы туўралы түсиниклер бериў менен бирге, орынларда суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм өнимлерди ислеп шығарыў қуўатлықлары бойынша үйрениў жумысларын да алып бармақта.

Усы жумысшы топар қурамында республикамызға келген Суў хожалығы министрлигиниң жуўапкер ўәкили Х.Юлдашев тийисли жуўапкерлер менен биргеликте Нөкис қаласында жайласқан «Сап полимер» ЖШЖ өндирислик кәрханасында болып, кәрхананың 2024-жылдағы суўды үнемлеўши технологиялар ушын зәрүр болған материалларды ислеп шығарыў қуўатлылығы менен танысты. Соның менен бирге, Хожели районындағы «MIDASIA» ЖШЖ ҳәм Шымбай районындағы «Tabiat-Ximoyada» ЖШЖ қоймаханаларындағы өнимлер ҳәм әмелдеги резервлер көзден өткерилди.

Ушырасыўларда атап өтилгениндей, суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын аўыл хожалығы өнимлерин өндириўшилерге «Suvkredit.uz» платформасы арқалы 5 жыл мүддетке, соннан 2 жыллық жеңилликли дәўир менен жыллық 14 процентлик ставкада кредитлер ажыратылады.
– Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша жойбарларға коммерциялық банклер тәрепинен миллий валютада ажыратылатуғын кредитлер бойынша процент ставкасының 10 проценттен асатуғын бөлеги мәмлекетлик бюджет тәрепинен қаплап бериледи,-дейди Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хаткери F.Атажанов.
Өткерилип атырған семинарларға кластерлер ҳәм фермер хожалықлары, қурыўшы шөлкем ўәкиллери де қатнасып, енгизилип атырған жаңалықлар ҳаққында мағлыўматлар алды.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги