Әҳмийетли мәселелерге шешим табылмақта

290

Республикамыз бойлап орынларда «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында өткерилип атырған руўхыйлық-ағартыўшылық ҳәм мәдений саз-сәўбетли илажлар даўам етпекте.

Мойнақ районындағы Ҳәким ата аўыл пуқаралар жыйынында да «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасындағы руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений саз-сәўбетли кеше болып өтти.

Кешеде сөзге шыққанлар тәрепинен атап өтилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде өткен жылы 30-март күни Қарақалпақстан Республикасына келип, өткерилген мәжилисте мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстан халқының абаданлығын және де арттырыўға қаратылған үш жаңа басламаны билдирип, олардың бириншиси Қарақалпақстандағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылатуғынлығын айтқан еди.

Бул ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры дүзилди. Мәҳәллелердиң ҳәр бирине ажыратылған 500 миллион сумлық қаржылардың есабынан мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў, ишки жолларды оңлаў, шырақ орнатыў, пиядалар жолын салыў ҳәм басқа да сол сыяқлы ол жерлердеги ең әҳмийетли мәселелерге шешим табылды.

Онда сөзге шыққанлар 2023-жылдың 22-декабрь күни болып өткен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеңеси мәжилисинде мәмлекетимиз Президенти тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар, жаңа басламалар ҳәм белгилеп берилген ўазыйпалардың әҳмийети ҳаққында да кең түрде айтып өтти.

Кеше даўамында викторина ойынлары шөлкемлестирилип,   жеңимпазларға руўхыйлықтың тийкарғы дәреги болған бийбаҳа китаплар саўға етилди.

Кешеде қатнасыўшылар кеўилли дем алып, районлық мәденият бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.





Қарақалпақстан хабар агентлиги