Әскер аналары ҳүрметленди

324

Президентимиздиӊ “Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниӊ  32 жыллығын ҳәм Ўатан қорғаўшылары күнин байрамлаўға таярлық көриў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында”ғы бийлигиниӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде  Нөкис гарнизоныныӊ Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында “Әскерлердиң аналарын ҳүрметлеймиз!” темасында ушырасыў болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети ўәкиллери, Арқа-батыс әскерий округиниң, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасының әскерий хызметкерлери, Қорғаныў ислери министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңестиң Қарақалпақстан  Республикасы регионаллық бөлимишесиниң ағзалары, әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары менен ислесиў бойынша қәнигелер қатнасты.










Ушырасыўда жигитлик парызын атқарып атырған әскерлер ата-аналары ҳәм жақынлары менен экран арқалы дийдарласыў бахтына миясар болды. Ўатан қорғаўшысы деген атаққа мүнәсип  жигитлер қатарында әскерий хызметин өтеп атырған перзентлерин онлайн болса да көрип қуўанған аналар көзлерине қуўаныш жасларын алды. Әскерлер ата-аналарына ҳәм жақынларына әскерий хызметтеги жаратылған шараятлар, ерисип атырған жетискенликлери туўралы айтып берди.

Қарақалпақстанлы әскерлердиң ата-аналарына Министрлер Кеңеси тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар ҳәм әскерий округ сәркардасының алғыснамалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги