Байрам алдынан дийдарласыў илажлары өткерилмекте
14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 32 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни алдынан орынларда бир қатар мәдений, руўхый-ағартыўшылық илажлары, ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.
МҚХ шегара әскерий бөлимине қараслы әскерий бөлимлердиң биринде Каракалпақстан Республикасы ҳәм Қашқадәрья ўәлаятында мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерлер ҳәм олардың ата-аналары қатнасыўында «Әскерлер аналарды қәдирлейди» атамасында видеосәўбетлесиў шөлкемлестирилди.

Онда әскерий бөлимлерде хызмет етип атырған қатардағы әскерлер ҳәм олардың ата-аналары видеоконференц байланыс арқалы ушырасып, дийдарласты.


– Мен Қашқадәрья ўәлаятындағы Шырақшы районынан келип усы жерде 2023-жылдың 10-март күнинен берли әскерий миннетимди өтип атырман. Бул жерде барлық шараятлар жақсы, қыйналып атырған жоқпыз. Видео арқалы анам менен көрисип сәўбетлестим. Көп ўақытлардан берли оның менен сәўбетлеспеген едим, ол да мени көрип қуўанып қалды. Байрам алдынан усындай илажларды шөлкемлестиргени ушын басшыларымыздан миннетдармыз,-дейди қатардағы әскер Беҳруз Исмоилов.
– Мен Тахтакөпир районынан келдим, Балам ҳәзирги ўақытта Қашқадәрья ўәлаятында өзиниң жигитлик ўазыйпасын өтеп атыр. Баламды көрип, сондай қуўандым, тил менен жеткере алмайман. Баламның жағдайлары жақсы екен, кеўлим жай тапты. Усындай шараятларды жаратып бергени ушын Президентимизден миннетдармыз,-дейди Рано Үббиниязова.
Илаж жоқары кейпиятта өткерилип, онда жанлы қосықлар атқарылды.


Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги