Сәрбиназдың өнимлери қарыйдарлар кеўлинен шықпақта

315

Кегейли районы Бахытлы мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Сәрбиназ миллий кийимлер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде соңғы ўақытлары халқымыздың талғамына сай болған миллий кийимлер таярланып, қарыйдарларға жеткерилип берилмекте.

Он бармағы өнерли шебер өнермент Сәрбиназ Атаниязова басшылық етип киятырған бул кәрханада бүгинги күни аймақтағы 5 жумыссыз ҳаял-қыз турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Олардың қол өнеринен дөрелген миллий кийимлер буйыртпа бериўши қарыйдарлардың кеўлинен шығып келмекте.

-Ең дәслеп аймақтағы ҳаял-қызлар белсендисиниң қоллап-қуўатлаўы менен  2 тигиў машинасы арқалы өз жумысымды баслап едим,-дейди исбилермен Сәрбиназ Атаниязова.-Ҳәзир жумысларымыз жақсы. Қарыйдарларға олардың талғамынан келип шығып, миллий ҳәм заманагөй кийим-кеншеклер таярлап бермектемиз.



Алдағы ўақытлары исбилермен өз жумысларын еле де кеңейтип, миллий кийимлер дүканын ашыўды режелестирип отыр.

 

Адилбай Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы