CES 2024-халықаралық технология көргизбеси шеңберинде NuraLogix компаниясы бир неше секунд ишинде денсаўлығыңыз ҳаққында ҳәмме нәрсени айтып беретуғын Anura MagicMirror ақыллы айнасын шығарды.

Anura MagicMirror – бул бир неше сенсорлар ҳәм жасалма интеллектти қоллап-қуўатлайтуғын 21,5 дюймлы стол үсти айнасы. 30 секунд ишинде қурылма адамның жүзин сканерлеўи ҳәм толық денедеги қан ағымын анализлеўи мүмкин, сонда пайдаланыўшы төмендегилерди билип алады:

– Қан басымыңыз нормада ма?

– Жүрек-қан тамыр системасы ҳәм өкпеде машқала жоқ па?

– Тери жетерлише азықланып атыр ма, ямаса оған күтимди өзгертиў керек пе?

– Депрессия қәўипи бар ма?

– Қантлы диабетке қаншелли бейимсиз?

Ислеп шығарыўшы айна жәми жүзден аслам көрсеткишлерди анализлеўи мүмкин екенлигин ўәде етпекте.

Айнадан түрли адамлар пайдаланыўы мүмкин, бул болса гаджетти жәмийетлик орынларда ислетиў имканиятын жаратып береди. Айна пайдаланыўшысы өзи туўралы ҳеш қандай мағлыўмат бериўи шәрт емес.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги