Студентлерге әмелият өтегени ушын ҳақы төленеди

191

2024-жыл 8-январьдағы 11-санлы Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлери студентлериниӊ экономика тармақлары кәрханаларында ҳақы төленетуғын өндирислик әмелиятын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы Реже тастыйықланды.

Режеге бола, ҳақы төленетуғын өндирислик әмелиятын шөлкемлестириў мақсетинде Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен студентлер арасында ҳәр жылы кеминде бир мәрте таӊлаў өткериледи.

Онда әмелият өтеў ушын 500 (Ташкент қаласы ушын – 45, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар ушын – 35тен) орын ажыратылады.

Таӊлаўда қатнасыў ушын студент арзаны жеке өзи, почта арқалы яки электрон формада өзи оқып атырған жоқры билимлендириў шөлкемине тапсырады.

Таӊлаўда қатнасыў ушын студентлер, питкериўши басқышта билим алып атырған болыўы, тәлим бағдары (қәнигелиги) тармақ кәрханасындағы жумыс бағдарына сәйкес болыўы, Өзбекстан резиденти болыўы керек.

Жоқары билимлендириў шөлкеми арза берген студентлер ҳаққындағы мағлыўматларды жоллама хаты менен Арнаўлы комиссияға 5 жумыс күнинде усынады.

Арнаўлы комиссия усы ҳүжжетлерди келип түскен күннен баслап 5 жумыс күни даўамында көрип шығып, студентти таӊлаўда қатнасыўы яки оны бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етеди.

Арнаўлы комиссия тәрепинен студенттиӊ әмелиятын шөлкемлестириў ис-режесин қорғаў ( презентация көринисинде) өткерилип, 20 күн ишинде жуўмақлаўшы қарар қабыл етеди.

Жуўмақлаўшы қарар қабыл етилгеннен соӊ 10 жумыс күни даўамында таӊлаў нәтийжелери бойынша мағлыўмат министрликтиӊ веб-сайтына жайластырылады.

Әмелият 1 айдан 3 айға шекем болған ўақыт даўамында оқыў режесинде белгиленген мүддетлерде әмелге асырылады.

Студенттиӊ әмелият өтеўи ушын сынаў мүддети белгиленбейди.

Жеӊимпаз студентлердиӊ әмелияты бойынша қәрежетлер Арнаўлы комиссия тәрепинен жуўмақлаўшы қарар қабыл етилгеннен соӊ 15 күн даўамында қапланады.

Онда студентке БЕМниӊ 2 есеси муғдарында мийнет ҳақы ҳәм оған есапланған социаллық салық тийисли есап-номерине өткериледи.

Реже әскерий­ ҳәм әскерийлестирилген жоқары билимлендириў шөлкемлерине қолланылмайды.

Ш.Маматуропова,  

ӨзА