Әскерий хызметкерлер жаслар арасында

Шоманай районында «14-январь-Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери күни» байрамы алдынан «Армия ҳәм халық бир пүтин» атамасындағы әскерий-тәрбиялық бағдарындағы Ўатансүйиўшилик илажы болып өтти.
Оған районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплердиң жоқары класс оқыўшылары ҳәм олардың муғаллимлери, аймақта жайласқан әскерий бөлимниң хызметкерлери қатнасты.
Онда Шоманай районлық Жаслар аўқамының баслығы Ф.Хожабаев, әскерий бөлим хызметкери М.Хабибуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды Ўатан қорғаўшылары күни байрамы менен қызғын қутлықлады.
Соңынан әскерий бөлим хызметкерлери тәрепинен қурал-жарақлар ҳәм замангөй техникалар менен таныстырыў көргизбеси өткерилип, онда оқыўшыларға қуралларды бөлшеклеў ҳәм оны жыйнаў тәртиби, техникаларды басқарыў усыллары, шегарашы әскерлер ийтлериниң атқаратуғын хызметлери ҳаққында кеңнен түсиниклер берилди.




Илаж соңында оқыўшылар арасында футбол жарысы өткерилип, онда жеңимпаз командалар анықланды ҳәм мүнәсип түрде хошаметленди.
Адилбай Оразов
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы