Машқалаларды бирге шешиўге келисип алынды

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Жузбаев, тийисли тараў басшылары, Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы «Аралбойы халықаралық инновациялар орайы»ның жуўапкерлери ҳәм бир неше халықаралық шөлкемлердиң республикамыздағы ўәкиллериниң ушырасыўы өткерилди.
Ушырасыўда регионда бақланып атырған суў жетиспеўшилиги, оның жылдан-жылға күшейип баратырғаны, әсиресе, Арал бойында оның тәсири кескинлесип атырғаны атап өтилип, аймақта әмелдеги суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша жаңа инновацияларды енгизиў, бул жумысларға халықаралық шөлкемлердиң грант жойбарларын тартыў мәселелери додаланды.
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Жузбаев Қарақалпақстанның канал ҳәм салмаларында үлкен муғдарда суў ысырапкершилиги жүз берип атырғанын, магистрал каналдан фермерлердиң атызларына шекем суўды жеткериў бойынша ашық ҳәм инновциялық информация системасын жаратыў зәрүрлигин атап өтип, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, салмаларға ҳәр қыйлы қапламаларды жатқарыў арқалы суўды үнемлеў бағдарларында шерикликтеги халықаралық грант жойбарларын ислеп шығыў бойынша өз усынысын билдирди.
Өз гезегинде Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы «Аралбойы халықаралық инновациялар орайы» директорының орынбасары К.Идирисов, БМШ тың Раўажланыў бағдарламасының Қарақалпақстандағы жойбар басшысы А.Утемисов, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети GIZ бағдарламасының қоршаған орталыққа бағдарланған Аралбойы регионын регионаллық раўажландырыў бойынша мәсләҳәтшиси Юлиан Фелтен, Қубла Кареяда жайласқан ҳүкиметлераралық шөлкем Жасыл өсиў глобал институтының Қарақалпақстан Республикасындағы жойбарының үлкен қәнигеси А.Тлеумуратов ҳәм Өзбекстанда экономикалық реформаларды ҳәм турақлы экономикалық раўажланыўды қоллап-қуўатлаў бағдарламасының аймақлық координаторы А.Курбановлар да өз пикирлерин билдирип, ҳақыйқатында да Қарақалпақстан Республикасы ушын суў машқаласы ең әҳмийетли машқала екенлигин айтып, ҳәзирги күнде суўдан нәтийжели пайдаланыў бағдарларында әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.


Ушырасыўға келген мийманлар Суў хожалығы министрлигиниң халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин бир жерге жыйнап, ең әҳмийетли машқалаға айланып үлгерген суў мәселесинде биргеликте ислесиўге шақырғаны ушын миннетдаршылық билдирди. Ҳәр бир шөлкем ўәкиллери ушырасыўда додаланған мәселелер бойынша инновациялық усылларды излеў ҳәм бирге ислеcиўге келисип алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги