Габриэл Аттал Францияныӊ жаӊа бас министри болды

Габриэл Аттал Францияныӊ жаӊа бас министри етип тайынланды. Бул ҳаққында BFMTV телеканалы хабар берди.
Атап өтилиўинше, тийисли қарарды Франция президенти Эммануэль Макрон қабыл еткен, – деп мәлимлеме береди xabar.uz
34 жастағы Аттал усы ўақытқа шекем билимлендириў министри еди.
Дүйшемби күни мәмлекет басшысы 2022-жылдыӊ май айынан берли бас министр лаўазымында ислеп келген Элизабет Борнды лаўазымынан босатқан еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги