Жәрдемге мүтәж шаӊарақлар итибарда
425

“Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен “Меҳир ҳәрекети” шеӊбериндеги қайырқомлық илажлары даўам етпекте.

Атап айтқанда филиал хызметкерлери қәўендерлер менен биргеликте кем тәмийинленген, бағыўшысынан айырылған, жәрдемге мүтәж шаӊарақлар үйренип шығылды. Олардыӊ талабына қарай 3 шаӊараққа үй-руўзыгершилик буйымлары менен турмыслық техника қураллары, азық-аўқатлық затлары тапсырылды. Сондай-ақ, перзентлерин кәсипке бағдарлаў мақсетинде билим алыўы ушын “PROGRESS UP” оқыў орайына сертификатлар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги