Прокуратура уйымлары хызметкерлери күнине бағышланды

454

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында  8-январь – Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымлары хызметкерлери күнине бағышланған илаж болып өтти.

Оны басқарма баслығы И.Арзиев кирис сөз бенен ашып, жыйналғанларды кәсиплик байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардыӊ талабы тийкарында Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оныӊ қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен ис жүритиўдеги салық қарыздарлықларын, жынаят нәтийжесинде мәмлекетке жеткерилген зыянларды, мәмлекетлик бажы ҳәм ҳәкимшилик жәриймаларды, банклердиӊ пайдасына кредит қарыздарлығын өндириў бойынша бир қатар жумыслар исленди.

Президентимиздиӊ байрам мүнәсибети менен Прокуратура уйымларыныӊ хызметкерлерине ҳәм ветеранларына жоллаған қутлықлаўында атап өтилгениндей, бүгинги күни ел-журтымыз прокуратура тымсалында “жазалаўшы уйымды” емес, ал халықтыӊ ҳәм исбилерменлердиӊ бузылған ҳуқықларын тиклеўге жәрдемлесетуғын, олардыӊ дәртине шерик, мәдет болыўға ҳәрекет ететуғын халықшыл структураны көрмекте. Себеби Жаӊа Өзбекстанды, соныӊ ишинде Жаӊа Қарақалпақстанды қурыў жолында әмелге асырылып атырған барлық реформаларда нызам үстинлигин тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе.

Байрам мүнәсибети менен мәмлекетимиз прокуратура уйымларындағы көп жыллық пидәкерлик мийнети, елимизде нызамлылықты ҳәм ҳуқық нормаларын беккемлеўге қосқан үлкен үлеси, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм жәмийетимизде ҳуқықый мәдениятты арттырыў жолындағы ибратлы хызмети ушын бир топар хызметкерлер орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды. Соныӊ ишинде Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығыныӊ орынбасары В.Ерниязованыӊ “Дўстлик” ордени менен сыйлықланыўы пүткил жәмәәт мийнетине берилген жоқары баҳа болды.

Илажда байрам мүнәсибети менен бир топар хызметкерлерге Алғыснамалар тапсырылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги