Барлық мәмлекетлер биргеликте глобал қәўипсизликте әдиллик ҳәм қалыслықты тәмийинлеўи, глобал ҳәм регионаллық әҳмийетли машқалаларды, атап айтқанда, Палестина-Израиль қарама-қарсылығы ҳәм Украина кризисин шешиўде конструктивлик роль атқарыўы керек, дейди Қытай сыртқы ислер министри Ван И 2023-жылғы Халықаралық жағдай ҳәм Қытай дипломатиясы бойынша болып өткен семинарда.

“Биз ҳәр қашан әдиллик ҳәм қалыслық принциплерине әмел етемиз, теӊ ҳәм тәртипли көп полюслы дүньяны қурыў тәрепдары боламыз, ҳақыйқый көп тәреплиликти әмелге асырамыз ҳәм халықаралық қатнасықларды демоктратияластырыўға жәрдем беремиз”, дейди ол.

Үлкен ҳәм киши барлық мәмлекетлер арасында теӊликке қатаӊ әмел етилиўи зәрүр. Ҳәр бир мәмлекет глобал көп басқышлы системада өз орнына ийе ҳәм өзине мүнәсип роль атқарыўы мүмкин.

Барлық мәмлекетлер БМШ Режесиниӊ мақсет ҳәм принциплерине әмел етиўи, халықаралық қатнасықлардыӊ тийкарғы нормаларын қорғаўы, глобал басқарыў системасын реформалаў ҳәм қурыўда биргеликте қатнасыўы керек,- дейди министр.

ӨзА