Балаларға мөлшерленген саламат емес азық-аўқат өнимлери ҳәм энергетиклер рекламасына шеклеўлер күшейтиледи

Мәмлекетимизде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасында саламат аўқатланыўды тәмийинлеў, онда балалар ҳәм жаслар арасында семизликти 30 процентке қысқартыў режелестирилмекте.
Атап айтқанда, “Халық саламатлығы —2030” миллий стратегиясы жойбарыныӊ 2024-2026-жылларға мөлшерленген әмелий илажлар режесине бола, балаларға мөлшерленген саламат емес азық-аўқат өнимлери ҳәм ишимликлер, балалар азық-аўқат өнимлери ҳәм энергетиклер, дәри қураллары, биологиялық актив элементлер рекламасына талап ҳәм шеклеўлер күшейтиледи.
Сондай-ақ, билимлендириў шөлкемлеринде балалар ҳәм жаслар ушын усыныс етилмейтуғын өнимлер, сондай-ақ, қурамында қумшекер, дуз, трансмайлар муғдары жоқары болған азық-аўқат өнимлери, дәм ҳәм реӊ бериўши қосымшалар дизимин тастыйықлаў ҳәм олардыӊ қолланылыўын азайтыў нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, жасы, дене дүзилиси, турмыс тәризи ҳәм кеселликлерге бейимлигинен келип шығып, балалар ушын дурыс аўқатланыў, физикалық шынығыўлар ҳәм гигиена қағыйдалары бойынша усыныслар топламын жаратыў мөлшерленген.
Ибрагим Утеулиев,
ҚМУ, сыртқы бөлими журналистика
тәлим бағдары 2-Б курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги