Әдиллик министрлиги: Мәжбүрий талаплар қысқартылып, лицензия ҳәм рухсат бериў тәртиби әпиўайыластырылмақта

Әдиллик министрлиги тәрепинен нызамшылықтағы талаплар, сондай-ақ, лицензия ҳәм рухсат бериў системасын тәртипке салыў тәсирин баҳалаўдан өткериў арқалы ислеп шығылған “Исбилерменлик тараўындағы мәжбүрий талапларды қысқартыў ҳәм лицензия бериў тәртип-нормаларын әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ пәрманы қабыл етилди.
Пәрман менен 2024-жыл 1-марттан баслап 16 лицензия ҳәм рухсатнама бийкар етилмекте, соныӊ менен бирге:
– 7 түрдеги рухсат бериўши ҳүжжет толық бийкар етиледи;
мысалы, бажыхана тасыўшылары реестрине кириўде жүклерди тасыў ушын рухсатнама талап етилмейди;
– 6 түрдеги рухсат бериўши ҳүжжет бирлестириў жолы менен бийкар етиледи;
-атап айтқанда, экспорт қадағалаўы объектлерин алып шығыў ушын рухсатнама ҳәм арнаўлы товарлар экспорты ҳәм импорты ушын лицензия бирлестирилмекте;
– 3 лицензия ҳәм рухсатнама хабарнама тәртибине өткериледи;
мысалы, енди турагентлик жумысы менен лицензиясыз шуғылланыў мүмкин болады.
Сондай-ақ, лицензия яки рухсатнаманы бериўде талапкерлерди видео байланыс жәрдеминде аралықтан турып баҳалаўға рухсат етилмекте.
Шығыў туризмин әмелге асырыўда 15 мыӊ АҚШ доллары муғдарындағы қаржыны Қәўипсиз туризм қорына резер етип қойыў бийкар етиледи.
Буннан тысқары, юридикалық тәреплерге тийисли транспорт қуралын техникалық тексериўден өткериў орынларын өз қәлеўи менен таӊлаўы мүмкин (бүгинге шекем техникалық тексериўден өткериў ишки ислер уйымлары тәрепинен белгиленген орынларда өткерилип атырған еди).
Бул пәрманныӊ қабыл етилиўи нәтийжесинде исбилерменлердиӊ шама менен 350 млрд сумлық қәрежетлери үнемленеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги