Шығынды хызметинен қарызы барларға көшпес мүлк ҳәм транспорт қуралын сатып алыўда келисим тастыйықланбайды. 2024-жыл 1-апрельден баслап турмыслық шығындыдан қарызы бар шахслар ушын көшпес мүлк ҳәм автотранспортлар менен байланыслы келисимлерди нотариал тастыйықлаўға тыйым орнатылады. Олар қарыздарлықты сапластырғаннан кейин ғана, келисим рәсмийлестирилиўине рухсат бериледи. Буннан тысқары, апрель айынан баслап қарыздыӊ бар яки жоқ екени онлайн тәризде тексериледи. Бул усыныс президенттиӊ 4-январьдағы пәрманы менен мақулланған.

2025-жыл 1-январьдан баслап шығынды хызметинен 1 айлық қарызы бар шахслар электр тәмийнатына төлем өткере алмайды. Егер сол шаӊарақта пулы таўсылып электр өшип қалса, онда шығынды қарызын төлемегенше, электр ушын да төлем төлей алмайды. Соныӊ менен биргеликте, электрден де пайдалана алмайды.

Бул тәртип 1-басқышта 2024-жылдыӊ 1-июнинен пайтахт ҳәм аймақлар орайында 6 айлық қарызы бар шахсларға, 2024-жылдыӊ 1-ноябринен болса пүткил республика бойынша 3 айлық қарызы бар шахсларға енгизиледи.

Бул илаж 2025-жыл 1-январьдан 1 айлық қарызы барларға да қолланылады.

М.Эшмирзаева, И.Исматов, ӨзА