Быйыл рекорд дәрежедеги еӊ ыссы жыл болыўы мүмкин, деп хабар береди “Bloomberg” мәлимлеме сайты.

“Оған биринши гезекте, әлбетте, климат өзгериўи себеп болады. Қазып алынатуғын жанылғылардыӊ жаныўы атмосферада ыссыхана газлери муғдарын арттырады, бул болса орташа глобал температураныӊ көтерилиўине алып келеди”, – делинеди мақалада.

Бирақ басылымныӊ атап өтиўинше, болып атырған ўақыялардыӊ және бир әҳмийетли себеби – Тыныш океаныныӊ экваториялық бөлиминдеги суў майданы қатламы температурасыныӊ өзгериўи менен байланыслы ысыў болып табылады.

Метеоролог Петтери Таластыӊ сөзлерине бола, 2024-жыл және де ыссырақ болады ҳәм қурғақшылық яки тасқынлар тез-тез ушырасады. Солай етип, өткен жылы Орайлық Америкадағы қурғақ ҳаўа-райы Панама каналын азықландыратуғын Гатун көлиниӊ қурып кетиўине алып келди.

– Өткен жылғы жоқары температура теӊиз музларыныӊ үлкен бөлегиниӊ ерип кетиўине алып келди. Бул болса Арқа Атлантика бойлап реактив ағымныӊ өзгериўине себеп болыўы мүмкин,- дейди Нидерландия Корольлық метеорология институты климаттаныўшысы Викки Томпсон.

Инсаният, итимал, климат системасында белгили бир бурылыс ноқатын басып өтти, деп жуўмақ береди “Bloomberg”. Алдынырақ қытайлы қәнигелер Арқа ярымшарда қыс айрықша ыссы болатуғынын болжаған еди.

Г.Сатторова, ӨзА