Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимиз прокуратура уйымларындағы көп жыллық пидәкерлик мийнети, елимизде нызамлылықты ҳәм ҳуқық нормаларын беккемлеўге қосқан үлкен үлеси, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў жолындағы ибратлы жумысы, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм жәмийетимизде ҳуқықый мәдениятты арттырыў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы айрықша хызметлери ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша

«Дўстлик» ордени менен

Ерниязова Венера Тажетдиновна – Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 8-январь