Ҳүрметли прокуратура хызметкерлери!

Ҳүрметли ветеранлар!

Бәринен бурын, сиз әзиз нызам сақшыларын 8-январь – Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымлары хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлайман.

Бәршемиз жақсы түсинемиз, бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында әмелге асырылып атырған барлық реформаларымызда нызам үстинлигин тәмийинлеў шешиўши әҳмийетке ийе болмақта.

Нызам ҳүкимдар болған жәмийетте әлбетте, әдиллик, жәмийетлик-сиясий турақлылық, экономикалық өсиў ҳәм раўажланыў болады, инсан қәдири, ҳуқықлары менен мәплери тәмийинленеди.

Бундай әҳмийетли мақсетлерге ерисиўде прокуратура уйымлары ҳәм бул системада хызмет етип атырған, өз кәсиби ҳәм ўазыйпасына садық, ўатансүйгиш инсанлардың роли үлкен екенин бүгин айрықша атап өтиўимиз орынлы.

Қәдирли дослар!

Сизлерге белгили, кейинги жылларда прокуратура тараўын түпкиликли реформалаў, бул бағдарда ашық-айдынлық ҳәм әдилликке тийкарланған, пуқаралар ҳәм жәмийет мәпине хызмет ететуғын, халықтың мәпин гөзлейтуғын қарарлар қабыл етиў, өзиниң теориялық ҳәм әмелий мектебине, пидәкер ҳәм профессионал хызметкерлер корпусына ийе болған системаны қәлиплестириў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырмақтамыз.

Елимиздиң Конституциямызда беккемленген ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўда, нызамлылықты тәмийинлеў, жынаятшылықтың алдын алыўда прокуратура уйымларының әҳмийети барған сайын артып бармақта.

Әсиресе, халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиў, халықтың машқалаларын терең үйрениў ҳәм шешиў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў тараў хызметкерлериниң ең тийкарғы ҳәм күнделикли ўазыйпасына айланды.

Прокуратураның нызамлар орынланыўы үстинен қадағалаў алып барыў жумысы түп-тийкарынан өзгертилди. Бурын нызам бузылыў жағдайларын анықлаў ҳәм жазалаўға тийкарғы орын берилген болса, енди тийкарғы итибар бундай жағдайлардың алдын алыў, машқалаларды сапластырыўға қаратылмақта.

Ең әҳмийетлиси, прокуратура системасы да, адамларымыздың оған болған мүнәсибети де өзгермекте. Бүгинги күнде елимизде прокуратура тымсалында «жазалаўшы уйымды» емес, ал халық ҳәм исбилерменликтиң бузылған ҳуқықларын тиклеўге жәрдемлесетуғын, олардың дәртине шерик, мәдет болыўға ҳәрекет ететуғын халықшыл структураны көрмекте.

Оны кейинги жети жылда прокуратура уйымлары тәрепинен 2 миллионға шамалас мүрәжат унамлы шешилип, 300 мыңнан аслам пуқараның бузылған ҳуқықлары тикленгени, 148 мыңға шамалас исбилерменниң машқалаларына шешим табылғаны да тастыйықлайды.

Кадрлардың маманлығын арттырыў, сондай-ақ, тергеў ҳәм ҳуқық қорғаў бойынша қәнигелер таярлаў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў мақсетинде Бас прокуратура академиясы негизинде Өзбекстан Республикасы Ҳуқық қорғаў академиясы дүзилди.

Бүгинги күнде исбилерменлик ҳәм инвестиция, қурылыс бағдарларында, жер ресурсларынан пайдаланыўда нызам бузылыўының алдын алыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың ҳуқықларын тәмийинлеў және оларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў, жанылғы-энергетика ҳәм экология, мәдений мийрас ҳәм спорт тараўларында нызам үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған нәтийжели прокурорлық қадағалаў системасы жолға қойылды ҳәм өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте.

Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти тәрепинен өткен дәўирде 53 мыңнан аслам ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятқа шек қойылды, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң мәплерине жеткерилген 4,7 триллион сум зыян өндирилди, 15 мыңнан аслам шахстың жумысына нызамлы баҳа берилип, олардың исбилермен сыпатында дизимнен өтиўи тәмийинленди.

Прокуратура жанында Мәжбүрий орынлаў бюросының шөлкемлестирилиўи орынлаў исин жүргизиў бойынша тәртипсизликлер сапластырылып, қатаң тәртип орнатыўға имканият жаратты. Тек ғана өткен жыл даўамында 36 триллион сум муғдарында суд ҳүжжетлериниң орынланыўы тәмийинленди.

Ҳүрметли тараў хызметкерлери!

Мәмлекетимизде «Нызам – үстин, жынаят жазасыз қалмайды» деген ийгиликли принцип тийкарында нызамлылықты тәмийинлеў бағдарындағы жумысларымыз шешиўши басқышқа кирип атырған ҳәзирги ўақытта ҳәр бир прокуратура хызметкери бир ҳақыйқатты терең аңлап жетиўи зәрүр. Қашан адамларымыз турмысында қәтержамлық, рузыгершилигинде абаданлық ҳәм берекет болады, қашан оларда ертеңги күнге исеним артады? Қашан елимизде нызамлар қағазда емес, ал әмелде айрықша орынланған, реформалар ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир мәҳәллеге кирип, ўатанласларымыз олардың әмелий нәтийжесин өз күнделикли турмысында сезинген жағдайда бул мақсетке толық ерисиў мүмкин.

Халқымыздың аўырын жеңил етиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллыққа қарсы гүресиўге қаратылған бағдарламаларымыздың орынланыўын избе-из шөлкемлестириў, қоршаған орталық, тәбийғый байлықлар ҳәм мәдений мийрасымызды көзиниң қарашығындай қәстерлеп сақлаў, медицина, билимлендириў сыяқлы тараўлардаға реформаларымызды даўам еттириў ҳәм бул бағдарда нызам бузылыўына маўасасыз болыў – прокуратура хызметкерлериниң конституциялық миннетлемеси ҳәм ең тийкарғы ўазыйпасы болып есапланады. Буны ҳеш ким умытпаўы керек. Елимизде коррупция иллетине қарсы гүресиў процеси улыўмахалықлық ҳәрекетине айланып атырған бүгинги күнде прокуратура хызметкерлери айрықша белсендилик көрсетип, өз басламалары менен ҳәммеге үлги болатуғынына исенемен.

Мине, усы мақсетлерде прокуратура уйымларының жумысына алдынғы жумыс усылларын ҳәм санлы технологияларды кеңнен енгизиў, нызамлардың орынланыўы үстинен қадағалаў механизмлерин турақлы жетилистириў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм тергеў исине заманагөй илим ҳәм әмелият жетискенликлерин енгизиў, хызметкерлердиң билим дәрежеси ҳәм руўхый-ағартыўшылық сана-сезимин арттырыў, олардың пидәкерлик мийнетин мүнәсип қәдирлеў келешекте де итибарымыз орайында болады.

Прокуратура хызметкерлери нызамды қорғаў – бул халық ҳәм Ўатанды қорғаў сыяқлы муқаддес миннетлеме екенин терең аңлап, мойнындағы оғада жуўапкершиликли ҳәм абырайлы ўазыйпаны буннан былай да нәтийжели орынлайтуғынына исенимим кәмил.

Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт ҳәм әўмет, шаңарақларыңызға қут-берекет, нызам ҳәм әдиллик үстинлигин тәмийинлеў жолындағы жумысларыңызда үлкен табыслар тилеймен.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти