Тараўға жаңа имканиятлар жаратылмақта

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 15-ноябрдеги «Халықты киши ҳәм ҳәм орта бизнеске кең тартыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары менен белгилеп берилген тапсырмалар тийкарында, Кегейли районының Қуяшлы, Халқабад ҳәм Мәденият мәкан пуқаралар жыйынлары турғынлары ҳәм усы аймақта жумыс жүргизип атырған исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўға Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилиниң Қарақалпақстан Республикасындағы секторы жетекши инспекторы Б.Султанмуратов ҳәм Бизнести раўажландырыў банки хызметкерлери шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде исбилерменлик тараўын раўажландырыў бойынша исленип атырған илажлар, мәмлекетимиз Президентиниң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында жаратылып атырған имканият ҳәм мүмкиншиликлер туўралы кең түрде айтып өтти. Илажда қатнасыўшылар тәрепинен баянатшыларға салық тараўына киргизилип атырған өзгерислер, банклерден жеңилликли кредит алыў бойынша сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды.



Адилбай Оразов
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы