Қырғаўыллар ҳаққында нелерди билемиз?

Қарақалпақстан аймағында кең тарқалған қуслардың бири қырғаўыл болып есапланады. Оны илимий тилде Хийўа қырғаўылы (Phasianus colchicus chrysomelas), деп те атайды. Қарақалпақстан аймағындағы қырғаўыллар тийкарынан Әмиўдәрьяның төменги ағымында кең тарқалған қуслардың бири болып есапланады.
Қырғаўылдың сыртқы көриниси улыўма қусларға тән болса да, ол басқа қуслардан сына тәризли ҳәдден зыят узын қуйрығы менен ажыралып турады. Қоразының пәрлери айқын, рәңбәрең болады. Ондағы қызғыш-сарғыш-қызыл, жасыл ҳәм көк реңлер шағылысып, оғада сулыў көриниске ийе болады. Қанатларының ушы ақ болады. Мойыны ақ рең менен жийекленген. Көзлериниң дөгерегинде пәрсиз, ашық қызыл реңли тери болады. Реңиниң айқынлығы ҳәм денесиниң үлкен болыўына қарамастан, қораз қырғаўыл ҳәттеки пәс ҳәм қалың емес өсимликлер арасында да жақсы жасырына алады.
Мәкийениниң реңи бир теклес, сурғылт, сарғыш түсте болады. Бундай рең оған уяда мәйек басып жатқанда көзге түспеўге жәрдем береди.

Қырғаўыл-үлкемиз аймағында жергиликли, отырықшы, жасырын өмир сүретуғын, бир жерде жасайтуғын қус. Тек гүзде ҳәм қыста ғана жем излеп басқа жерлерге шығыўы мүмкин. Улыўма алғанда, жерде жасаўшы бул қус тереклерге қонып, көбинесе сол жерде түнейди. Күндиз бул қуслар қалың өсимликлер арасынан жеке-сийрек шығады. Қырғаўыл – жүдә сақ қус болып, жасырын турмыс кеширеди. Азғана қәўипти сезсе дәрҳал жуўырып қашады ҳәм боянлықлар яки путалар арасына жасырынады.
– Бизиң аймағымыз жағдайында қырғаўылдың жақсы көретуғын жасаў орынлары тийкарынан – қалың тоғайлықлар болып есапланады,-дейди Қарақалпақ тәбият илимлери илимий-изертлеў институты, Ҳайўанатлар дүньясы экологиясы үлкен илимий хызметкери Гүлара Матекова. – Ол пута ағаш өсимликлери өскен тоғайлардан тысқары, қамыслықларда ямаса бәлент бойлы шөплердиң арасында да жақсы жасайды.
Қырғаўыл мәдений ландшафтта да жасаўы мүмкин, бирақ пахта өсирилетуғын жерлерде ол жасай алмайды. Бәрқулла отақ отаў, суўғарыў ҳәм культивациялаў жумыслары әмелге асырылатуғын пахта атызларында уя қурыў пүткиллей мүмкин емес. Егер бул қустың уялары бузылмаса, ал қуслардың өзлери тынышсызландырылмаса ҳәм жоқ етилмесе, онда қырғаўыллар мәдений ландшафтта да жасаўы мүмкин.
Бәҳәрдиң дәслепки күнлеринен баслап, қораз қырғаўыллар жупласыў ушын мәкийенин шақырыўды баслайды. Бунда қоразлар тез-тезден қышқырып, қанатларын күшли қағады. Қораз қатаң қорғалатуғын өзине тийисли участкада қышқырады. Егер бул участка шегарасынан ишке өзге қораз кирсе, қатаң урыс басланады ҳәм келгинди қораз қуўып жибериледи. Жупласыў дәўиринде қоразлардың сақлығы азаяды ҳәм гейде жақынласып киятырған адамға да итибар бермейди.
Уяларын тийкарынан март, апрель айларында, қораз қорғайтуғын участкада мәкийен қурады. Уя қалың, душпанлары барыўы қыйын болған бәлент өскен шөплер ямаса майда шөплер арасына жасырып қурылады ҳәм оған қалың етип жумсақ шөп төселеди. Әдетте уяда 8-14, базыда 20 ҳәм оннан да көп мәйек болады. Бирақ, бул уя паразитизминиң көриниси болса керек: бир уяда еки мәкийен мәйек басады. Көбинесе қырғаўыл мәйек басып атырған уяларды жыртқышлар (ғарғалар, сағаллар, қамыс пышықлары), ал базыда адамлар бузады. Бул жағдайда мәкийен қайтадан мәйек туўып, басады, бирақ бул рет мәйеклердиң саны аз болады.

Мәйеклерди мәкийен басады. Мәйек басыў соңғы мәйек туўғаннан басланады, сонлықтан шөжелердиң бәри бир ўақытта шығады. Курық басыў дәўири 22-23 күн даўам етеди, биринши палапанлар мәйектен май айының биринши 10 күнлигинде шыға баслайды. Шөжелердиң пәрлери кепкеннен соң дәрҳал мәкийени оларды уядан алып шығып, жақын жерде жүреди. #ырғаўыл шөжелери үш-төрт күнлик болғанында бир орыннан екинши орынға ушып қона алады. Бир айдан кейин олар аз-азлап уша баслайды, ал еки ай толғанда анасынан қалыспай ушады. Жетилген жас қуслар уяласлар анасының қасында жүреди, егер оларды ҳеш ким тынышсызландырмаса, әлбетте. Оларға қәўип туўса яки тынышсызланса уяласлар ертерек бөлинип кетеди ҳәм өз бетинше еркин жасай баслайды.
Қырғаўыллар жемди жерден шөплейди, бирақ айырым жағдайларда путалар менен ағашлардан да азықланады. Жаңа шыққан шөжелер майда жәнликлер, көбинесе шегиртке личинкалары менен азықланады. Жазда үлкейген қуслар көплеп жәнликлерди, қырқаяқларды, қуртлар менен моллюсклерди жейди. Гүзде қырғаўыллар өсимлик пенен азықланыўға өтеди. Атап айтқанда, өсимлик дәнлери, мийўелер, жапырақлар, түйнеклер менен азықланады. Кеш гүзде ҳәм қыста қырғаўыллар тек ғана жийде менен азықланады. Жийде мийўеси көп болған жыллары қырғаўыллар қалың қар жаўса да жақсы қыслап шығады. Қалың тоғайдағы ушлары бир-бирине тутасып, шырмаўықлар менен оралған ағашлардың үстинде қар жатады. Бул қырғаўылларға исенимли баспана ҳәм жеңил азық болып, оларды ғалаба набыт болыўдан сақлайды.
Қырғаўыллар жаздың ыссы күнлеринде өзлерине сая орынлар таўып тораңғыл, жигилдик, жыңғыллардың саяларында дем алады, сондай-ақ айырым ўақытлары уясына алыс болмаған орынларда, ашықлықларда қумға шомылады (қум баня).
Суўық түскеннен соң қырғаўыллар жийде, шеңгел, боян көп болған белгили бир орынларында топланады.

Қарақалпақстандағы қалың тоғайлар жоқ жерлерде, қыстың суўық келген жылларында 15-20 сантиметр қалыңлықта қар жаўса ҳәм бул қар бир неше күн турса, көплеген қырғаўыллар набыт болады. Олар қалың қарда пүткиллей жүре алмайды ҳәм қарды гүреп азық таба алмайды. Қар көп жаўған жыллары қырғаўыллар саны кескин азайып кетеди. Әсиресе, ағашларды шабыў ямаса мал бағыў себепли сийрексиген тоғайларда олар көплеп набыт болады. Бундай ўакытларда бул түрди қосымша аўқатлық затлар менен тәмийинлеў керек.
Ғалаба шөжелеў ўақытлары үлкемизде айырым жыллары дәрьядан келетуғын суў тамтарыслығына байланыслы қолайсыз шараятлар жүзеге келеди. Шөжелер анасы менен суў излеп ҳәўиз, канал, салма, дәрья бойларына барады ҳәм ол жерлерде тәбийғый қәўиплерге дус келеди (жыртқышлар–сағал, тоғай пышығы, түлки, жырткыш қуслар) ҳәм олардың көпшилиги набыт болады. Сонлықтан, суў аз болған жыллары оларға арнап жасалма суў ҳәўизлерин шөлкемлестириў керек.
Булардың жасаў орталығын жақсылап, сүйкимли азығы болған өсимликлердиң майданларын көбейтиў керек.
Қырғаўылдың бир баҳалы қәсийети бар – оның бас саны жүдә азайып кетсе де, тез арада қайта тикленеди. Бириншиден, мәкийен қырғаўыл көп мәйек туўады. Екиншиден, қурық басып жатырғанында мәкийенинде қырғаўылларға тән болған ийис болмайды. Бундай қәсийет уя қурылатуғын орыңды пухта таңлаў, оны жақсылап жасырыў және мәкийен пәрлери реңиниң оншелли көзге тасланбаўы қурық басып атырғанда жыртқышлардың нәзерине түсиў итималлығын азайтады. Тийисли дәрежеде қорғалса, бул жағдайлар еки-үш жыл ишинде қырғаўыллардың көбейиўине ҳәм тағы да тоғайлықларды толтырыўына жәрдем береди.
Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң усынысына бола, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 13-январьдағы «Республикада қырғаўылларды қорғаў ҳәм санын көбейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, Қарақалпақстан Республикасы аймағында қырғаўылларды аўлаў қадаған етилген.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги