Ўатанды қорғаў жаслардың қолында

231

14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни

14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен орынларда жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, әскерий хызметке болған қызығыўшылығын арттырыў, әскерий хызмет ҳаққындағы түсиниклерин кеңейтиў мақсетинде «Жаңа Өзбекстан армиясы-мәмлекет қүдирети, жоқары мақтаныш ҳәм садықлық тымсалы» сүрени астында илажлар өткерилмекте.

Қорғаныў министрлигине қараслы Қоңырат районындағы әскерий бөлимде де Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте усы илажлар шеңберинде «Командир, басшы ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.




Илажда әскерий бөлим командири ҳәм жаслар ислери агентлиги ўәкили Ўатанды қорғаў келешегимиз болған жаслардың қолында екенлигин, жасларымызды әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда миллий армиямыздың ролин ҳәм олардың арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жасларды жат иллетлерден сақлаў әҳмийетли ўазыйпа екенлигин атап өтти.

Әскерий техникалар көргизбеси қойылып, жасларға оқ атар қуралын бөлеклерге ажыратыў ҳәм жыйнаў, әскерий техника түрлериниң өзгешеликлери ҳаққында түсиниклер берилди.



Илажда халықаралық турнирлерде жеңимпаз болған райондағы бир қатар жас спортшыларға ҳәм ушырасыўға белсене қатнасқан жасларға естелик саўғалар тапсырылды.


Ашық сәўбетлесиў тәризинде өткерилген илажда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илаж районның талантлы жаслары тәрепинен атқарылған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги