2024-жыл ушын еӊ қәўипсиз авиакомпаниялардыӊ дизими жәрияланды
345

Авиакомпаниялардыӊ қәўипсизлигин баҳалаўшы дүньяныӊ белгили сайтларынан бири AirlineRatings.com өзи бақлап атырған 385 авиакомпания ишинде 2024-жылы еӊ қәўипсиз 25 авиакомпанияныӊ рейтингин усынды.
Бул жылғы дизимде пуқаралар қәўипсиз пәрўазды әмелге асырыўы ушын Жаӊа Зеландия, Австралия, Қатар, Сингапур, Уллы Британия, Түркия, Япония, Америка, Франция, Канада сыяқлы авиациясы раўажланған мәмлекетлердиӊ ҳаўа жолларыныӊ атлары келтирилген.

Басылымныӊ бас редакторы Жеффри Томастыӊ мәлим етиўинше, бул авиакомпаниялар пәрўаз қәўипсизлиги, сондай-ақ, инновациялар ҳәм жаӊа самолётларды иске түсириў бойынша теӊсиз есапланады.
Еслетип өтемиз, авиакомпаниялар қәўипсизлиги рейтингин дүзиўде редакторлар соӊғы бес жылдағы авиакатастрофалар, соӊғы еки жылдағы ҳәдийселер, жетекши авиация уйымлары, ассоциациялар ҳәм ҳүкимет тексериўлери, флот жасы ҳәм жазғы таярлықларды анализлеп барады.
Б.Худойбердиев, ӨзА