Айырым бақша тәрбияланыўшыларыныӊ мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги азық-аўқат қәрежетлери мәмлекет бюджетинен қаплап бериледи

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 29-декабрьдеги ПП-221-санлы Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 26-майдағы ПП-79-санлы ҳәм 2022-жыл 7-марттағы ПП-87-санлы Пәрманларына тийисли өзгерислер киргизилди.
Оған бола:
— 2030-жыл 1-январьға шекем мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасындағы мәкеме ҳәм шөлкемлердиӊ (министрликтиӊ орайлық аппараты ҳәм оныӊ аймақлық бөлимлеринен тысқары) бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын мийнет ҳақы ҳәм оған теӊлестирилген төлемлерге социаллық салық ставкасы 1 процент муғдарында белгиленеди;
—мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине төленетуғын ата-аналар төлеминен азат етилген (бағыўшысын жоғалтқан ҳаял-қызлардыӊ перзентлери) тәрбияланыўшылардыӊ мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги азық-аўқат қәрежетлери толық мәмлекет бюджетинен қаплап бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги