Суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын кредитлер ажыратылады

“Төменги буўында суў ресурсларын басқарыў системасын жетилистириў ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-5-санлы, 05.01.2024ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола:
— суў хожалығы шөлкемлери тәрепинен аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға суў жеткерип бериў хызметлери ушын төлемлер бийкар етиледи;
— Суў хожалығы министрлигиниӊ районлық (Қувасай қаласы) ирригация бөлимлери ҳәм арнаўлы хызметлери тийкарында “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик шөлкемлери шөлкемлестириледи.
Суў жеткерип бериў хызметлери басшылары әсмелге асырылған жумыслар бойынша бир жылда еки мәрте халық депутатлары районлық Кеӊеслерине есабат берип барады.
— суў ресурсларынан пайдаланғанлық ушын салықтан Мәмлекет бюджетине түскен түсимниӊ 40 проценти Суў жеткерип бериў хызметлери жумысын қаржыландырыўға бағдарланады.
2024-жылдан:
— суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға suvkredit.uz платформасы арқалы 5 жыл мүддетке, соннан 2 жыллық жеӊилликли дәўир менен жыллық 14 процент ставкада кредитлер ажыратылады;
— суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша қәрежетлердиӊ бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға усы технологиялар енгизилген жылдыӊ өзинде толық муғдарда ажыратылады.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша жойбарларға коммерциялық банклер тәрепинен миллий валютада ажыратылатуғын кредитлер бойынша процент ставкасыныӊ 10 проценттен артатуғын бөлеги Мәмлекетлик бюджет тәрепинен қаплап бериледи.
Суўғарылатуғын жерлерде жаӊа бағлар, жүзим бағлары ҳәм басқа көп жыллық терекликлер ҳәм жеӊил типтеги ыссыханаларды шөлкемлестириўде жуўмақлар Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен тек ғана суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў шәрти менен бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги