Ташкент қаласында «Сириус» оқыў орайы ҳәм Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетиниң шөлкемлестириўи менен ментал арифметика бойынша халықаралық олимпиада болып өтти.

Оған Шоманай районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң оқыўшылары да табыслы қатнасып қайтты.

Олардың арасында Қанияз Қыдырбаев, Карамат Асқаров, Сәрдар Муратов, Қуўаныш Орынбаев, Ҳўрлиман Насруллаева, Орлабай Ажимуратов, Алланазар Дейишназаров, Әжинияз Мақсетбаев, Айсулыў Алимбаевалар гран-при сыйлығын жеңип алған болған, Жанибек Даўытбаев,  Шамиль Орынбаев, Дилназ Оразалиева, Жандос Сунятов, Маруфа Абатбаева, Улығбек Асқаров, Абзалбек Төрениязов, Аббаз Сәрсенбаев, Гүлназ Абдирасулиев, Миясар Амангелдиева, Маманбий Сейтмуратовлар биринши,  Бегзад Тоқтарбаев, Венера Хайруллаева, Нурдәўлет Қалимбетов, Ерназар Орынбаев, Азизбек Орақбаев, Баҳадыр Жолдасбаев, Рустем Қулмуратовлар екинши, Турсынай Утемуратова, Сейтамир Медетов, Ерсултан Айтбаев, Асила Есенбаева, Умида Оразлиева,

Дүрдана Турғанбаева, Муса Қурбанбеков ҳәм Ерназар Оразбаевлар үшинши орынларды ийелеўге еристи ҳәм арнаўлы диплом менен сыйлықланды.

Солардың арасында ең жоқары орынларды ийлеген бир топар оқыўшылар 7-8-май күнлери Дубай қаласында  болып өтетуғын  халықаралық олимпиадаға жолламаны қолға киргизди.





Оқыўшыларды бул жарысқа тәжирийбели муғаллимлерден Қаншайым Реймова ҳәм Умида Қутыбаевалар таярлады.

Адилбай Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы