Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниӊ 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни алдынан Нөкис қаласында қурылыып атырған “Nukus city” аймағындағы 16 қабатлы турақ жайдан 60 квартира Қорғаныў ҳәм Айрықша жағдайлар министрликлериниӊ әскерий хызметкерлери ҳәм пенсионерлери ушын узақ мүддетли ипотека кредити тийкарында салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Ашылыў салтанатында Арқа-батыс әскерий округи сәркардасы, генерал-майор Фарҳаджон Шерматов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Расул Зарикеев, Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Нөкис әскерий прокуратурасы, әскерий хызметкерлер ҳәм олардыӊ шаӊарақ ағзалары, кеӊ жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнасты.

Шығып сөйлеўшилердиӊ атап өткениндей, мәмлекетимизде өз өмирин Ўатанды қорғаўдай еӊ уллы ҳәм әдиўли иске бағышлаған әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаў бойынша анық илажлар белгиленип, соӊғы жыллары әскерий тараўға қаратылып атырған итибар нәтийжесинде әскерий бөлим және мәкемелер, дала оқыў майданшалары структурасын жетилистириў бағдарында кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соныӊ ишинде, Ўатанды қорғаўшылар ҳәм олардыӊ шаӊарақ ағзаларына қолайлы шараят жаратыў, оларды турақ жайлар менен тәмийинлеў, әскерий пенсионерлерди социаллық қорғаў бүгинги күниниӊ әҳмийетли мәселелериниӊ бирине айланбақта.

Нөкис қаласы Жеке терек мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы қурылған 16 қабатлы имараттан әскерий хызметкерлерге де жеӊилликли ипотека кредити тийкарында берилиўи Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниӊ 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни алдынан әжайып байрам саўғасы болды.














“Nukus city”да ҳәзир бес 16 қабатлы турақ жай қурылған болып, олар халқымызға жеӊилликли кредит есабынан берилмекте. Быйылғы жылы Қорғаныў министрлигиниӊ 30, Айрықша жағдайлар министрлигиниӊ 30 хызметкери байрамды жаӊа турақ жайда күтип алатуғын болды.

Илаж соӊында турақ жай ийелерине гилтлери салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги