Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасыныӊ басшылары ҳәм жуўаплы хызметкерлериниӊ жеке қурам менен өткерген гезектеги профилактикалық ушырасыўы тараў хызметкерлериниӊ  коррупция иллетине қол урмаслығы, дәмегөйлик ҳәм парахорлық иллетлерден сақланыўы, лаўазымнан пайдаланбаў мәселелерине бағышланды.

Ушырасыўда бажыхана уйымларында әмелге асырылып атырған реформалар, хызметкерлерди социаллық қорғаў бойынша жаратылған шараятларға, жеӊилликлер менен имканиятларға, тек ғана ҳадал мийнет етиў арқалы билдирилген исенимди ақлаў кереклигине және бир мәрте тоқтап өтилди. Миллет мүсийбети, жәмийеттиӊ кемириўшиси есапланған коррупция иллети ҳәр қандай заманда да қараланып келинген. Ол жәмийеттиӊ раўажланыўына балта урып, халықтыӊ әдил ҳәм айдын келешегине болған исенимин жоққа шығарады.

Басқарма хызметкерлери тәрепинен хызмет ўазыйпаларын атқарыў ўақтында дәмегөйлик, парахорлық, хызмет ҳәм лаўазым ўәкиллиги шеӊберинен шетки шығыў сыяқлы жынаятлар ҳәм басқа да унамсыз нызам бузылыў жағдайлары жүз бериўиниӊ алдын алыў бойынша жеке қурамныӊ арасында өткен жыл басынан берли 86 мәрте улыўма профилактикалық мәжилис өткерилди. Хызмет ўазыйпаларын атқарыў ўақтында хызметкерлердиӊ қырағылығын арттырыў мақсетинде 2023-жыл  даўамында 34 мәрте қупыя тексериў өткерилди.


Бундай профилактикалық илажлардыӊ өткерилиўи тараў хызметкерлериниӊ өз хызмет ўазыйпаларын шын кеўилден атқарып, мәмлекетимиздиӊ раўажланыўы жолында аянбай хызмет етиўине, бажыхана тараўының Президентимиздиӊ сөзи менен айтқанда “Коррупциядан жырақ системаға айланыўы”на хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги