Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигине қараслы әскерий бөлим ҳәм мәкемелерге бириктирилген бос жерлерден дәрамат дәреги сыпатында пайдаланыў, исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде қусшылық, дийқаншылық, балықшылық, пал ҳәррешилик, шарўашылық ушын кеӊ имканиятлар жаратылмақта.

Атап айтқанда, Арқа-батыс әскерий округиндеги бөлим ҳәм мәкемелерде режелик тәмийнатына аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм тапсырыў, жеке қурамныӊ аўқатланыў рационын витаминлерге бай болған сапалы таза мийўе, палыз, гөш ҳәм басқа өнимлер менен тәмийинлеў мақсетинде  жәрдемши хожалықлардыӊ хызметинен өнимли пайдаланылмақта.

Гарнизондағы әскерий бөлимлердиӊ бириниӊ материаллық тәмийнат бөлимшесинде алдын бос турған өнимсиз жердиӊ  30 сотих майданында 2022-жылы ыссыхана қурылып, палыз ҳәм түрли гүллерди жетистириў, оларды сатыў арқалы бөлимшениӊ материаллық дәраматын арттырыўға хызмет етпекте.

Ыссыхана қурылған жер майданы қумлық болып, алдын пайдаланылмай келинген. Жердиӊ өнимдарлығын арттырыў мақсетинде төгин менен байытылған өнимдарлы топырақ алып келинип, оннан кейин егин егиў сынаўдан өткерилди. Бул усыл өзиниӊ унамлы нәтийжесин берип, өткен жылы сегиз мыӊ түп қыяр нәлинен мол дәрамат алынды. Егинлерди тамшылатып суўғарыў системасы болса суўды үнемлеў ҳәм жетерли муғдарда ығаллықты сақлаўда нәтийжели болмақта. Быйылғы мәўсимде 7 мыӊнан зыят помидор нәли егилип, мәўсим басланғалы берли 4 теримнен жәми 6 тоннаға шамалас өним алынды.

Сондай-ақ, өткен жылы әскерий қалаша аймағындағы және 30 сотихдан зыят бос турған жер майданында қурылған ыссыханада жумыс нәтийжели басланып, егилген қыяр нәллери өнимге кирди. Быйыл оннан мол дәрамат алыў режелестирилип, ҳәзирдиӊ өзинде 2 тоннадан зыят өним терип алынды.

Ыссыханада егинлерге тәрбия бериў ҳәм өнимлерди жыйнап алыўда жалланба жумысшы күшинен пайдаланылмақта. Тийкарғысы, өнимлердиӊ саўдасынан түсип атырған дәраматтыӊ бәршеси әскерий бөлим ҳәм мәкемелерди раўажландырыў, әскерий хызметкерлерге субсидия тийкарында кредитлер ажыратыў, жеке қурамныӊ аўқатланыў рационын жақсылаўға жумсалмақта. Қалаберди, жетистирилген мийўе ҳәм палыз өнимлери әскерий хызметкерлердиӊ шаӊарақ ағзаларына арзан баҳада сатылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги