Усы жылы 7-январь күни Жидда қаласында Өзбекстан делегациясы ҳәм Саудия Арабстаны Патшалығы Ҳаж ҳәм умра министрлигиниң басшылары арасында ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиўде Ҳаж ҳәм умра министри Тавфиқ бин Фавзон ар-Рабиа, Дин ислери бойынша комитет баслығы Содиқжон Тошбоев ҳәм Өзбекстан мусылманлар мәкемесиниң баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар хәзиретлериниң қатнасыўында өз-ара байланыслардың перспективалары ҳәм «Ҳаж – 2024» мәўсимин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мәселелери додаланған.

Ҳаж ҳәм умра министри кейинги жылларда Өзбекстан ең жақсы нәтийжелерге ерисип, жедел раўажланып атырғанын атап өтти.

Сөйлесиў жуўмағында Дин ислери бойынша комитет ҳәм Ҳаж ҳәм умра министрлиги арасында мүбарек сапарларды және де жақсылаў бойынша келисимге қол қойылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги