Қарар ҳәм оның орынланыўы

Президентимиздиң басшылығында 2023-жыл 29-ноябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде аўыл хожалығында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм суўды ысырап етиўди азайтыў илажларын көриў мақсетинде «Каналларды бетонлаў бойынша әҳмийетли жыл» жәрияланған еди.

Усы мәжилисте белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарары қабыл етилип, суў ресурсларын басқарыўда суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў, ишки суўғарыў тармақларында суўды ысырап етиўдиң алдын алыўға қаратылған зәрүр ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ҳәзирги ўақытта республикамыздың барлық районларында жоқарыда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ишки суўғарыў тармақларын бетонлаў жумыслары алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министриниң орынбасары Р.Қаршиев аймақлардағы суў хожалығы министрлигиниң жуўапкерлери менен биргеликте Қарақалпақстанда ишки суўғарыў тармақларын бетонлаў бойынша алып барылып атырған жумысларды көрип, буған байланыслы кешиктирип болмайтуғын әҳмийетли ўазыйпаларды талқылады. Соның менен бирге, илажда қыс мәўсиминде ирригация тармақларын шор жуўыў ҳәм суўғарыў мәўсимине таярлаў, суў хожалығындағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Додалаўларда атап өтилгениндей, ишки суўғарыў тармақларын бетонлаў бойынша белгиленген жойбарлар бойынша графиклар ислеп шығылды. Бетонластырылатуғын ишки салмалардың хожалықлар кесиминде карталары таярланып, ҳәр бир районға жуўапкер ўәкиллер ҳәм жойбарлаўшы шөлкемлерден хызметкерлер бекитилди. Бүгинги күнде 95,2 километрлик узынлықтағы ишки суўғарыў тармақлары бетонланып, 225,0 километрлик ишки салмалар бетонлаўға таярланды.



Министр орынбасары Р.Қаршиев министрликтен республикаға бириктирилген ўәкил Н.Атакулов, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Жузбаевлар биргеликте районларда суўғарыў тармақларында исленип атырған бетонлаў жумысларын да барып көрди.

– Атап айтқанда, Хожели районындағы «Таслы жап» каналының ҳәм «Midasiatex Cluster» ЖШЖның ишки салмаларында алып барылып атырған бетонлаў жумысларын көрип шығып, тийисли көрсетпелер берип өтти,-дейди Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хаткери F.Атажанов.

Исленген жумыслардың нәтийжели болыўы ушын жумыстың сапасына айрықша итибар қаратыў кереклиги бойынша көрсетпелер берилди. Соның менен бирге, бетонлаў жумыслары бул – тек суўшылардың мойнындағы ўазыйпа емеслиги атап өтилип, буған байланыслы кластер ҳәм фермерлер тәрепинен де жумысшы күшлерди тартыў зәрүрлиги атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги