«Шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў ҳәм олардың экологиялық жағдайға унамсыз тәсирин азайтыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-5-сан, 04.01.2024-ж) қабыл етилди. Пәрман менен автомобиль жолларында жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғанлығын фото ҳәм видео қуралларын орнатқан исбилерменлерге экологиялық нызамбузыўшылықларды да атап көрсетиў ҳәм Мәмлекетлик экологиялық инспекциясына хабар бериў ҳуқықы берилди.
Бунда исбилермен жәрийма сыпатында өндирилген қәрежеттиң 20 проценти муғдарында пул менен хошаметленеди.
Ҳәр жылы ең узақ (кеминде 10 жыл) ҳәм садықлық пенен хызмет көрсеткен санитар тазалаў кәрханалары хызметкерлери ушын «Тәбият қорғаўшысы» таңлаўы өткериледи.
Усы хызметкерлерден 100 и мәмлекетлик ЖООға төлемли-контракт тийкарында оқыўға кирген перзентлери ямаса ақлықларына контракттиң толық суммасы төлеп бериледи.
Ҳәр жылы «Ең таза мәҳәлле» таңлаўы өткерилип, таңлаўда жеңимпаз болған 14 мәҳәллеге шығынды жыйнаў майданшасын қурыў, шығынды контейнерлерин орнатыў ҳәм терек егиў ушын жәми 500 миллион сум пул ҳәм хызметте пайдаланыў ушын биреўден электромобиль бериледи.
Сондай-ақ, шығынды хызметлери ушын айлық төлемлерден қарыздарлығы болған абонентлер SMS арқалы хабардар етип барылады.
Қарыздарлық бойынша ескертилгеннен кейин төлемеген шахслардың электр ушын төлемлерин қабыл етиўди ўақтынша шеклеў әмелияты төмендеги басқышларда енгизиледи:
1-басқышта – Ташкент ҳәм Нөкис қалалары ҳәм ўәлаят орайларында 2024-жыл 1-июньнан – 6 айлық қарыздарлық ушын;
2-басқышта – республиканың барлық аймақларында 2024-жыл 1-ноябрьден – 3 айлық қарыздарлық ушын;
3-басқышта – республиканың барлық аймақларында 2025-жыл 1-январьдан – 1 айлық қарыздарлық ушын.
2024-жыл 1-июньнан хожалық шығындылары қурамындағы екилемши шийки затты реализациялаў тек биржа арқалы әмелге асырылады (халық еркин таңлап алынған шығындылар буған кирмейди).
Қарақалпақстан хабар агентлиги