12-январь күни Қатарда басланатуғын футбол бойынша Азия кубогине қызғын таярлықлар көрип атырған Өзбекстан миллий сайланды командасы жарыс алдынан Палестина сайланды командасы менен ойын өткерди.

Доха қаласындағы «Ал Аҳли» клубына қараслы стадионда болып өткен бул ушырасыўда командамыз ағзалары 1:0 есабында жеңиске еристи. Ойындағы жеңис голы ушырасыўдың 79-минутында  Бабур Абдухолиқов тәрепинен урылды.

 

Адилбай Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы