Келешекте жоқары шыӊларды гөзлеген Жаӊа Өзбекстан  халқыныӊ, әсиресе, ертеӊги келешегимиз болған жасларымыздыӊ руўхый дүньясын, ой-өрисин кеӊейтиў, мәдениятын жоқарылатыў бүгинги күнниӊ әҳмийетли мәселелерин бири болып есапланады. Мәмлекетимизде барлық тараўларда үлкен реформалар, мисли көрилмеген жаӊаланыўлар әмелге асырылып, бул өзгерислер бәринен бурын  билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер, руўхый-ағартыўшылық ҳәм социаллық тараўларда  айрықша көзге тасланбақта.

2023-жыл 22-декабрь күни   Президентимиздиң басшылығында  болып өткен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеӊесиниӊ мәжилисинде де мине усы мәселелерге айрықша итибар қаратылды. Онда Президентимиз  тәрепинен руўхыйлық турмысымызда жаӊа күш, жаӊа ҳәрекетке айланыўы зәрүр екенлиги айрықша атап өтилип, бул бағдарда алдымызда турған тийкарғы ўазыйпалар додаланып, 9 бағдар бойынша әҳмийетли басламалар алға қойылды.Солардың қатарында мәденият ҳәм көркем өнер тараўыныӊ алдына да бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди.

Әлбетте, халқымыздыӊ руўхыйлығын беккемлеўге хызмет ететуғын кино көркем өнерин раўажландырыў, миллий сериаллар ислеп шығарыў бойынша концепция жаратыў, “Cinema-park” еркин экономикалық зонасын шөлкемлестириў, жас художниклеримизди қоллап-қуўатлаў бағдарында ислениўи тийис жумыслар усы  мәжилисте белгилеп алынды.

Бул ўазыйпаларды өзлерине тийкарғы бағдар етип алған республикамыз ҳүкимети ҳәм мәденият тараўы хызметкерлери жаңа жыл басында қарақалпақ миллий кино өнеринде үлкен жаңалықтың “тусаў”ын кести.

Яғный, 6-январь күни Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан көркем өнер сарайында режиссёр Айбек Төлегенов тәрепинен сахналастырылған “Азарт ақыбети” кинофильминиң премьерасы болып өтти.





Оған  республикамыздағы барлық министрликлер ҳәм шөлкемлердиң басшылары, жуўапкер хызметкерлери, нураныйлар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Дәслеп көркем өнер сарайы алдында тамашагөйлер тәрепинен усы кинода баслы рольлерди ойнаған актёр ҳәм актрисалар салтанатлы жағдайда күтип алынып, олар театр сахнасына мирәт етилди.

Онда фильмниң бас режиссёры Айбек Төлегенов, продюсёры Равшан Алламбергенов, актрисалардан Клара Шамуратова, Шахноза Базарбаева ҳәм тағы басқалар шығып сөйлеп, бул киноның дөрелиў тарийхы, оны сүўретке алыўда ушырасқан қыйыншылықлар менен машқалалар туўралы қатнасыўшыларға айтып берди. Фильмди сүўретке алыўда жақыннан жәрдем берген қәўендер шөлкемлерге, әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине өзлериниң терең миннетдаршылықларын билдирди.

Соң тамашагөйлерге “Азарт ақыбети” киносы қойып берилди.

Фильмде сүўретленген ўақыялар соңғы жыллары жасларымыз турмысында көбирек ушырасып атырған виртуал ойынлар ҳәм оның аянышлы ақыбетлери ҳаққында болып, онда жоқары оқыў орнына кирген аўыл баласы Дәстан, белгили исбилермен Баха ҳәм банктиң жуўапкер хызметкери Алишердиң өмири ҳәм олардың турмысындағы аз ўақыт ишинде көп ақша табыўға болған умытылысы, жаслар арасындағы дослық қатнасықлары, бир-биреўине ислеген қыянетлери, ата-аналарының перзентлериниң жетискенликлерине болған шексиз қуўанышы, қайғылы ўақыялардағы мүсийбет сезимлери шеберлик пенен көрсетип берилген.

Әсиресе, фильмниң Россия, Италия, Кипр ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлериндеги белгили орынларында түсирилиўи қарақалпақ миллий киносы ушын үлкен жаңалық болды, деп айта аламыз.

– “Жуўапкершилиги шекленген жигитлер” кино фильмин түсиргеннен соң, бул өнерден кеўлим қалып қайтып киноға араласпай қалған едим,-дейди фильмниң бас режисёёры Айбек Төлегенов.-Бирақ, досларымның маған билдирген идеялары менен турмысымызда жүз берип атырған қайғылы ўақыялар мени және кино фильм түсириўге ерксиз мәжбүр етти ҳәм өзимди усы жәмийеттиң бир бөлеги сыпатында қатнасыўға шақырды. Фильмди дөретиў ҳәм сүўретке алыў бир жылға шамалас ўақытты алды. Ондағы сюжетлерди түсириўге жақыннан жәрдем бергени ҳәм бизлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлағаны ушын   Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине өзлеримиздиң терең миннетдаршылығымызды билдиремиз ҳәм бул фильм халқымыз кеўиллеринен жыллы орын алатуғынлығына исенемиз.

Фильмди тамашалар екенбиз, онда сүўретленген ўақыялар тамашагөйди өзине ерксиз тартады ҳәм оны перзент тәрбиясында терең ойланыўға мәжбүр етеди.

Ҳәзирги күнлери бул кинофильм Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан көркем өнер сарайы ҳәм Республикалық қуўыршақ театрында тамашагөйлер нәзерине усынылмақта.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Адилбай Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы