Халықаралық қылышласыў спорты федерациясы (FIE) 2024-жылдың январь айы ушын жас категориялары бойынша жаңаланған рейтинг дизимин жәриялады.

Қуўанышлы тәрепи сонда, бул рейтингте Өзбекстан жаслар сайланды командасы ағзалары да жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Атап айтқанда, Дилназ Мурзатаева шпага, Фернанда Эррера болса, сабля бағдары бойынша рейтинг жетекшиси болса, командалық рейтингте сабляшы жигитлеримиз биринши, қызларымыз екинши, шпагашы қызларымыз үшинши орынды ийелеп тур.

Сондай-ақ, бул рейтингтиң сабля бағдарында қызлар арасында қарақалпақстанлы Гүлистан Пердебаева 96 упай менен алтыншы, Аякөз Жумамуратова 91упай менен жетинши, жигитлеримизден

Исламбек Абдазов үшинши, Әзизбек Дәўлетназаров төртинши орынларды ийелеп турғаны мәлим болды.

Адилбай Оразов

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы