Азия футбол конфедерациясының чемпионлар лигасында табыслы қатнасып киятырған Қаршының «Насаф» клубы өзиниң қурамын және де күшейтиў мақсетинде, жаңа футболшылар менен өз-ара шәртнама дүзбекте.

Олардың арасында 29 жасар бразилиялы  ярым қорғаўшы Виктор Да Сильва да бар. Бул ҳаққында, «Насаф» футбол клубы өзиниң телеграмдағы рәсмий бетинде жәриялады.

Бул футболшы «Насаф» клубынан алдын Албанияның «Партизани», «Влазания», Италия ҳәм Хорватияның бир қатар клубларында ойнаған.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы