Көп китап оқыған оқытыўшы ҳәм студентлер хошаметленди

Пүткил елимиз бойлап өткерилип атырған «Бес әҳмийетли баслама» жаслардың ҳәр тәреплеме жетик ҳәм саламат инсанлар болып жетилисиўинде айрықша хызмет атқармақта.
Әсиресе, жаслардың руўхый дүньясын жоқарылатыў, олардың арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаўда бул басламаның тутқан орны әҳмийетли болып есапланады.
Усы тийкарда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта. Атап айтатуғын болсақ, ҳәр жылы студентлер арасында «Жас китапқумар», «Зәкаўат», «Қәнекей қызлар» ҳәм тағы басқа да көплеген таңлаўлар өткерилип, олардың жеңимпазлары университет ректораты ҳәм кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен мүнәсип түрде сыйлықланып келинбекте.
Жақында университеттиң Мәлимлеме-ресурс орайы тәрепинен китапқумарлықты кеңнен ен жайдырыў ҳәм студент-жасларды жақыннан қоллап-қуўатлаў мақсетинде, және бир жаңа таңлаў өткерилди. Онда 2023-жыл даўамында усы орайға келип ең көп китап оқыған оқытыўшы ҳәм студент-жаслар орай ҳәкимшилиги тәрепинен анықланды.
Таңлаў жуўмағында, математика факультетиниң оқытыўшысы И.Турсынбекова ҳәм 1-курс студенти Н.Ҳақбергенова, қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 3-кус студентлери З.Пирярова ҳәм Ш.Аскербаева, юридика факультетиниң 1-курс студенти С.Исроилов, қурылыс факультетиниң 1-курс студенти Б.Жаңабергенов, шет тиллери факультетиниң 2-курс студенти Ҳ.Алмуратова, физика факультетиниң 2-курс студенти Б.Қалбаевлар жеңимпаз деп табылып, Мәлимлеме-ресурс орайы тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы