Профессор-оқытыўшылар бос ўақытларын қалай өткермекте?
213

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин енгизиў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде, оқытыўшылар ҳәм хызметкерлер арасында Кеўилли стартлар жарысы өткерилди.
Өткерилген жарыс 5 шәрттен ибарат болып, онда командалар шаққанлық, епшиллик ҳәм күшлилик бойынша өз-ара беллести. Жарыс жуўмағында, биринши орынды дене мәденияты факультети, екинши орынды химия-технология факультети ҳәм үшинши орынды қурылыс факультети командалары ийеледи.





Жеңимпаз командаларға университет ректораты ҳәм кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.






Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы