Мәмлекет басшылығы 3 жыл даўам етеди.

Қазақстан усы жылдан Аралды қутқарыў халықаралық фондына басшылық етеди, деп хабар берди Tengrinews.

Мәмлекет басшылығы үш жыл даўам етеди ҳәм Қасым-Жомарт Тоқаев та усы мүддетке фонд президенти болады.

Фонд Арал теңизин қутқарыў ҳәм улыўма етип айтқанда региондағы экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған бағдарламаларды әмелге асырады. Шөлкемге Қазақстаннан тысқары Түркменстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан киреди.

Қазақстан суў хожалығы ҳәм ирригация министри Нуржан Нуржигитовтың мәлим етиўинше, Жәҳән банки менен биргеликте Арқа Арал теңизин сақлап қалыў жойбарының екинши басқышын баслаў режелестирилген. Оның сөзлерине бола, бул ўазыйпаны фондта қатнасатуғын барлық мәмлекетлердиң ҳәрекетлери бирлескенде ғана әмелге асырыў мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги