Жас исбилерменлер қоллап-қуўатланбақта

“Тадбиркор аёл” халықаралық исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы тәрепинен “Орайлық Азияда қәўипсиз миграция” жойбары мәмлекетимиздиң Әндижан, Наўайы, Қашқадәрья ўәлаятларында ҳәм бизиң республикамызда әмелге асырылған еди.
АҚШтың Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) тәрепинен қаржыландырылып, Winrock International тәрепинен әмелге асырылып атырған бул жойбар “Тадбиркор аёл” халықаралық исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы ҳәм оның Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң бизнес-тренерлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанындағы Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң районлық бөлимлери тәрепинен жойбар шеңберинде 2022-жылдың сентябрь айынан 2023-жылдың сентябрь айына шекем Хожели, Шоманай, Қоңырат, Қанлыкөл, Кегейли, Бозатаў районлары менен Нөкис қаласында “Исбилерменлик тийкарлары ҳәм қәўипсиз миграция” атамасында үш күнлик 26 тренинг өткерилди. Бизнес-мәсләҳәтшилер тәрепинен 710 қатнасыўшыға бийпул мәсләҳәт хызмети көрсетилди.
Илаж жуўмағында өткерилген “Жумыссыз ҳаял-қызларды , мигрант ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын исбилерменлик көнликпелерине үйретиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы адам саўдасының алдын алыў” жойбары шеңберинде өткерилген грант-таңлаўында Нөкис қаласынан Гүлмийра Узақбергенова жеңимпаз болды. Оған суў тазалаўшы үскене тапсырылып, бул арқалы Қутлы мәкан пуқаралар жыйыны аймағының халқын тазаланған суў менен тәмийинлеў жойбарын иске қосты.
-“Тадбиркор аёл” халықаралық исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы тәрепинен өткерилген тренингте қатнасыўым мениң өмиримде үлкен бурылыс жасады -дейди Гүлмийра Узақбергенова.- Бурын шаңарақ ағзаларым менен Қазақстанда ислеп қыйналып жүретуғын едик. Өзге журтта мийнет етип, нан табыў аңсат емес. Мине, енди өз бизнесим бар. Жумысымды еле де кеңейтип, аймақта жасаўшы ҳаял-қызлар менен жасларды жумыс пенен тәмийинлемекшимен. Буның ушын барлық мүмкиншиликлер бар. Пуқаралар жыйынының баслығы, ҳаял-қызлар белсендиси, ҳәким жәрдемшиси ҳәмийше қоллап-қуўатлайды.








– Жойбар шеңберинде республикамыздан 558 (16 адам саўдасының жәбирлениўшиси, 197 сырт елден келген мигрант, олардың 186 шаңарақ ағзасы ҳәм 159 жумыссыз) жас ҳәм ҳаял-қыз исбилерменлик тийкарларына оқытылды,-дейди “Тадбиркор аёл” халықаралық исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Назира Елибаева.-Жойбардың тийкарғы мақсети, бизнес субъектлерин ашыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, сол арқалы адам саўдасының алдын алыў болып табылады. Тренинг қатнасыўшылары арасынан өз бизнесин баслап атырған қызларымыздың шығыўы бизди қуўандырады. Гүлмийра келешекте тигиўшилик цехын ҳәм шаштәрезхана ашыўды нийет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги