Бақша имараты пайдаланыўға тапсырылды
429

Беруний районы Мақтумқулы аўыл пуқаралар жыйынындағы 43-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Президентимиздиң “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде 4,7 миллиард сум қаржы тийкарында қурылыс жумыслары алып барылды. 90 орынға мөлшерленген имаратта балаларға заман талабына сәйкес тәлим-тәрбия бериў имканияты жаратылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги