Қысқы дем алыс мазмунлы өткерилмекте

2024-жылдың 1-10-январь күнлери Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитети тәрепинен Жаслар ислери агентлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте «Жаслар туризми ҳәптелиги» өткерилмекте.
Ҳәптелик даўамында 7 жастан 30 жасқа шекемги оқыўшы ҳәм студент-жаслар елимиздиң дыққатқа ылайықлы орынларына саяхат етиўи ушын зәрүр шараятлар жаратып берилип, арнаўлы шегирмелер жәрияланды.
Ҳәптеликти өткериўден мақсет – жаслардың дем алыс күнлери ўақтында жоқары оқыў орынларының студентлери, мектеп оқыўшылары ҳәм мәҳәлле жаслары, қалаберди майыплығы болған жаслардың елимиздиң дыққатқа ылайықлы орынларына саяхат етиўи арқалы елимиздиң бай тарийхы, мәдений мийрасы, туристлик имканиятлары менен жақыннан танысыўына имканият жаратыўдан ибарат. Соның менен бирге, ҳәптелик даўамында мәдений мийрас объектлери, музейлер, театр ҳәм кинотеатрлар, жаңа жыл байрамы илажларына жаслардың жәмәәтлик сапарын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

– Атап өтиў керек, «Жаслар туризми ҳәптелиги» Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 30-апрельдеги «Ишки туризм хызметлерин диверсификациялаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық өткерилмекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының мәлимлеме хызмети қәнигеси Э.Валиев.
Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ, бүгинги күнде ҳәптелик шеңберинде пайтахтымыз Нөкис қаласында өткерилип атырған Жаңа жыл шыршасы жанындағы концерт бағдарламалары, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Саўға» театрластырылған концерт бағдарламасы, Қарақалпақстан көркем өнер сарайында «Жаңа жыл тамашасы» атамасындағы байрам кешеси, Қарақалпақстан Республикасы И.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Селфи күни» таңлаўы, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында жаңа жыл спектакльлери сыяқлы жасларды қызықтырыўшы бир қатар мәдений, кеўил ашар илажларға елимиздиң түрли аймақларынан мектеп оқыўшылары, жоқары оқыў орынларының студент-жаслары ҳәм мәҳәллелердиң белсенди жас әўлад ўәкиллериниң саяхатлары шөлкемлестирилмекте.




Орынларда ҳәптелик шеңбериндеги илажлар қызғын даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги