Қызыл китапқа киргизилген ҳайўанлар ҳәм өсимликлерден пайдаланыўды шеклеўши талаплар белгиленеди

378

Мәмлекетимиздеги бийбаҳа ҳайўанлар ҳәм өсимликлердиӊ түрлерин қәстерлеп сақлаў ҳәм көбейтиў қоршаған-тәбийғый орталықтыӊ турақлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди. Жаӊа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында экологиялық мәселелер, атап айтқанда, қоршаған орталықты сақлаў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қорғаўға байланыслы бир қатар нормалар өз көринисин тапқан. Усы нормалар тийкарында нызам ҳүжжетлерин жетилистириў әҳмийетли мәселе есапланады.

Нызамшылық палатасыныӊ Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғў мәселелери комитетиниӊ мәжилисинде Өзбекстан Республикасыныӊ Қызыл китабына киргизилген аз ушырасатуғын ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астында турған өсимлик ҳәм ҳайўанат түрлерин қорғаўды және де күшейтиўге қаратылған нызам жойбары көрип шығылды.

Нызам жойбары менен “Өсимлик дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында”ғы,  “Ҳайўанат дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында”ғы,  “Аӊ аўлаў ҳәм аӊшылық хожалығы ҳаққында”ғы нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Олар арқалы аз ушырасатуғын ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астында турған, Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилген жабайы ҳайўанлар менен өсимликлердиӊ түрлеринен пайдаланыўды қадаған етиўши ҳәм шеклеўши талапларды белгилеў нәзерде тутылмақта.

М.Комилова, ӨзА