Жақында Тәжикстанныӊ пайтахты Душанбе қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиӊ Дослық Аўқамы Гидрометеорология бойынша мәмлекетлераралық кеӊесиниӊ 35-мәжилиси болып өтеди, деп хабар бермекте “Казинформ”.

Кеӊес өткериў ҳаққындағы қарар Бакуде болып өткен ҒМДА Гидрометеорлогия бойынша мәмлекетлераралық кеӊесиниӊ 34-мәжилисинде мақулланды.

Бул кеӊес жумысында ҒМДАға ағза 10 мәмлекет – Өзбекстан, Армения, Әзербайжан, Беларусь, Тәжикстан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан, Молдова ҳәм Россия Федерациясы қатнасады. Сондай-ақ, Пүткил дүнья жүзилик метеорология шөлкеми делегациялары Кеӊестиӊ барлық мәжилислеринде бақлаўшы сыпатында қатнасады.

ҒМДА Мәмлекетлераралық гидрометеорология кеӊеси 1992-жыл 8-февральдағы Гидрометеорология тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим тийкарында дүзилген болып, ол Дослық аўқамы шеӊберинде тармақлық бирге ислесиў ҳаққындағы биринши ҳүкиметлераралық ҳүжжетлерден бири болған.

Оныӊ қабыл етилиўиниӊ әҳмийети ҒМДАға ағза мәмлекетлердиӊ нәтийжели экономикалық раўажланыў, халық қәўипсизлиги ҳәм қорғаныў қәбилиетин тәмийинлеў ушын исенимли гидрометеорологиялық мағлыўматларды турақлы түрде алыў зәрүрлигинен ибарат.

ӨзА